Нөкис қаласы ҳәкимшилик судының баслығы тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2019-жыл 11-январь күнги 447-санлы қарарына тийкар Салиев Амангелди Ганибаевич судьялық лаўазымында болыўдың биринши бес жыллық мүддетине Нөкис қаласы ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымына тайынланды.
Салиев Амангелди Ганибаевич 1986-жылы 28-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында туўылған. 2008-жылы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги юриспруденция. А.Салиев Нөкис қаласы ҳәкимшилик суды баслығы лаўазымына тайынланбастан алдын, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары судьялары квалификациялық коллегиясы хаткери лаўазымында ислеп келген.
- Қорақалпоғистон янгиликларини телеграмда кузатиб боринг - https://t.me/kruzuz
- Қорақалпоғистон янгиликларини facebook'да кузатиб боринг - https://www.facebook.com/groups/kruz.uz/
- Қорақалпоғистон янгиликларини instagram'да кузатиб боринг - https://www.instagram.com/kruz.uz/
- Қорақалпоғистон янгиликларини odnoklassniki'да кузатиб боринг - https://www.ok.ru/kruz.uz