⚡️«Au-Pair» жойбары тийкарында ҳәзирде Германияда болып турған қарақалпақстанлы менен сәўбет

Нөкисли Айпери Қудайбергенова ҳәзирде Германияның Фрехен қаласында жасамақта. Ол Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Инглиз тили қәнигелигиниң бакалавр басқышын табыслы тамамлап, «Aupair» жойбары тийкарында ҳәзир Германия мәмлекетинде. 

Бул ҳаққында өзи төмендегише пикир билдиреди:

Германияның тили ҳәм мәдениятына қызығаман. Бакалавр дәрежесин питкергеннен соң, «Gap year» (1 жыллық дем алыс) ретинде усы мәмлекетке келдим. Өйткени «Aupair» бул жумыс емес, оқыў да емес, мен ушын. Бул тек тил ҳәм мәденият үйрениў ретиндеги жойбар деп билемен. 

«Au-Pair» қандай бағдарлама, оған қандай ҳүжжетлер керек болады?

«Aupair» Германияда мәденият ҳәм тилин үйрениў ушын арналған жойбар болып, усы мәмлекеттеги бир шаңарақтың ағзасы болып жасайсыз. Бунда усы шаңарақ саяхатқа шықса яки басқа кеўил ашар, мәденият орынларына барса сизди де бирге алып барыўы керек, бирге аўқатланасыз. Олар сизге өзбек суммасы менен есаплағанда 3 млн шамасында пул төлейди. Бирақ бул айлық емес. Сумма қала ишиндеги ҳәр қыйлы жағдайларда сизге керек болып қалыўы мүмкин сумма ретинде баҳаланады. Булардың барлығы усы жойбар шеңбериндеги ҳүжжетлерде келтирилген. Және сизиң немис тили курсларына қатнаўыңыз ҳәм мәмлекет ишиндеги транспортларда жүриўиңиз де толық қапланады. Бунда сизден олардың баласы яки қызына қараў талап етиледи. Бул да 5-6 сааттан асып кетпейди. Ҳәптениң шемби, екшемби күнлери болса әдеттеги дем алыс болады. 

Жойбарға шаңарақлылар қабыл етилмейди. Жас шегарасы 18-25 аралығында.

Оған төмендеги ҳүжжетлер керек болады:

- Шақырып атырған шаңарақ ҳәм өзиңиз ортаңыздағы Au-Pair шәртнамасы;

- Күтип алыўшы ата-аналар тәрепинен толтырылған сораўнама ҳәм мирәтнамасы;

- Күтип алыўшы ата-ананың дизимге алынғанын тастыйықлаўшы гүўалық. Бул гүўалықта қараў нәзерде тутылған балалар да көрсетилген болыўы керек. 

- Күтип алыўшы ата-ананың паспорт нусқалары;

- Академик нәтийжелерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлер, аттестация, диплом баҳалары қосымшасы менен;

- Кәсип бойынша тийисли жумыс тәжирийбеси ҳәм тәжирийбесин асырғаны ҳаққындағы тастыйықлаўшы ҳүжжет;

- Ҳәзирги жумыс бериўшиден мағлыўматнама;

- Академик билимлендириў ҳәм жумысыңызды сәўлелендириўши кесте формасындағы өмирбаяны немис тилине тастыйықланған аўдармасы менен;
 
- Немис тили сертификаты;

- Мотивацион хат ҳәм оның немис тилине тастыйықланған аўдармасы;

- Судланбағанлық ҳаққында мағлыўматнама.

Германияда не сизди ҳайран қалдырады яки тәсирлендиреди? Мәмлекеттиң өзгеше тәреплери.

- Ер адамлардың үй жумысларында ҳаялына жәрдем бериўи ҳайран қалдырды ҳәм қуўандырды. Айырым ўақытларда дастурхан үстин жыйнап, ыдысларды тазалап қояды. Ҳаяллар баласына қаншелли көп ўақыт ажыратса, сабақларына жәрдем берсе, өмирдик жолдасыда (ери) баласына соншелли көп ўақыт ажыратады. Бул бириншиси, яғный шаңарақта ҳаял ҳәм ер адамның ўазыйпалары, орнының теңлиги. Екиншиси, ҳайўанларға муҳабат. Әсиресе, ийтлерди сақлаў әдетке айланған. Адамларға қандай шараятлар болса үй ҳайўанларына да сондай. Адамлар бассейнге барғаны сыяқлы, ҳайўанларын да алып баратуғын арнаўлы бассейнлер бар.

Виза алыў процеси қандай болды, қанша ўақтыңыз кетти? 

- Мениң ҳүжжетлерим толық болған, сонлықтан қайта шақырыў, қайсыдур ҳүжжет ушын қайта "термин" белгилеў болған жоқ. Әлбетте, қыйыншылықлар болады. Себеби виза көп ўақыт ҳәм көп ҳүжжетлерди талап етеди. Виза алыў менде 1 ай ўақыт алған.

Германияда магистратура оқып қалыў нийетиңиз бар ма?

- Бул бойынша еле анық режелерим жоқ. Бирақ келеси жаз мәўсиминде Қарақалпақстанға қайтыў ойымда бар.

«Au-Pair» жойбары тийкарында берилген мағлыўматлар аз болса да пайдалы болды деген үмитттемиз. Айпери Қудайбергенованың алдағы жумысларында болса табыслар тилеймиз.

KRuz.uz



Бўлимлар