Тахтакөпир кеңликлеринен де шексиз арзыўлары бар еди... - Медиа ўәкиллери Айжамал ҳаққында

Журналист, Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия фонды баспасөз хаткери Айжамал Жолдасбаева-Жанибекова 11-январь күни, 27 жасында қайтыс болды. Бул ҳаққында оның жақынлары социаллық тармақларда хабар қалдырған. Мәлим болыўынша, онда ҳәмиледарлық дәўири аўыр өткен. 

Марҳумның қайтыс болыўына байланыслы көпшилик медиа ўәкиллери оның менен байланыслы еслеўлер менен кеўил билдирмекте.

"Бир жанық кеўилли қыз кетти" - Азиза Қурбонова жазып атыр:

Экожурналист Наргиза Қосимова жазып атыр: "...декабрьде сөйлескенимизде де денсаўлығымда машқалалар бар демеген еди... Жаслар кетсе адамның жүреги ашыйды..."

Назира Мамбетшарипова жазып атыр: "Тахтакөпир кеңликлеринен де шексиз арзыўлары бар еди..."

Тамара Машарипова: "Сениң кетисиң байғус Анаңа, Әкеңе, жақын-туўысқанларыңа таўсылмайтуғын дәрт болды, Айжамал!"

Өзбекстан Жаҳан тиллери университети Халық аралық журналистика факультети деканы Амрулло Каримов жазып атыр: "Өмирди сүйетуғын еди. Ҳақыйқат, әдалат ҳәм жақсылық ушын гүресетуғын еди."

Қумар Бегниязова жазып атыр: "Көзден жырақ болып, көзден де жырап кеттиң бе..."


"BBC uzbek" журналисти Муҳаббат Мамирова жазып атыр: "Тынбайтуғын қыз еди өзи..."

Faktcheck.uz тийкаршысы Баҳодир Фирдавсий: "Дүньяға айтатуғын гәплериң көп еди..."

Фарход Эшмўминов: "Кеминде 10 ул перзенти болыўын айтқанда, зал көп ўақытқа шекем қол шапалақлар менен күлгиге толған еди."

«KRuz.uz» жәмәәти марҳумның шаңарақ ағзаларына, туўысқанларына, жақынларына, терең қайғырыў менен кеўил билдиреди.



Бўлимлар